Article | Published 2013
Ҳәзирги дәўирде экономиканы модернизациялаў шәраятында ҳәм базар экономикасына сәйкес болған қатнасықлардың раўажланыўы салықлар, салық системасы ҳәм салық сиясатында терең өзгерислер болыўын талап етпекте. Себеби, салықлар мәмлекеттиң барлық бағдарындағы искерлиги ушын зәрүр болған тийкарғы дереклерден бири болып, ол ҳүкиметтиң алдынғы бағдарларын раўажландырыў бойынша әмелге асырыўдағы тийкарғы қуралы есапланады. Салық системасын тәртипке салыў финанслық системаны раўажландырыўға жәрдем береди. Салықлар мәмлекет бюджетиниң тийкарғы дәрамат дереги болып есапланады. Юридикалық мәнисте, салықлар – бул нызам менен белгиленген мәжбүрий, ҳақы төленбестен ҳәм де эквивалентсиз, қайтарылмаслық шәрти менен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден мәмлекет пайдасына әмелге асырылатуғын төлемлерден ибарат.